«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди Онда Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров сөзге шығып, пидайы муғаллим ҳәм устазларға ҳәмийше терең ҳүрмет көрсетилетуғынлығын, олардан халқымыз бәрқулла миннетдар екенлигин билдирди. Халқымыздың турмысын абадан етиўге ҳәм келеси әўладларға мүнәсип мийрас қалдырыўға хызмет ететуғын уллы кәсиплердиң бири муғаллим. Бүгинги күнде елимизде билимлендириўдиң барлық тармақларының раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Уллы алымларымыз, белгили шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың аты менен аталатуғын дөретиўшилик ҳәм тәбийғый пәнлерге қәнигелестирилген мектеплер, «Темурбеклер мектеби», Президент мектеплериниң санының көбейиўи ҳәм заманагөй ҳәм инновациялық билимлендириў орайлары усы мақсетте хызмет етеди. Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды. Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress