БАРЛЫҚБАЙ АЙТМУРАТОВ "ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ХАЛЫҚ ХУДОЖНИКЛЕРИ" ҲҮЖЖЕТЛИ ФИЛЬМЛЕР ЦИКЫЛЫ
Қарақалпақстан халық художниклери хаққындағы ҳүжжетли фильмлер циклының гезектеги кинокартинасы Қарақалпақстан халық художниги Барлықбай Айтмуратовың дөретиўшилигине арналады. Бунда оның келип шығыўы ҳәм усы ўақытқа шекем жазған ҳəр қыйлы жанрдағы картиналары туўралы айтыўға ҳəрекет етиледи. Оның жумыслары ҳаққында көркем өнер изертлеўшилери, кəсиплеслери айтып береди. Бул кинокартина барлық жастағы тамашагөйлерге мөлжелленген.