2023-жыл 10-июль, мектеп питкериўшилериниӊ 35 жыллық ушырасыўы.
МИННЕТДАРМЫЗ УСТАЗЛАРҒА "*"*"*"***"""""****** Уллы үмит оятқан әзиз инсанлар, Сизлер ушын буйырсын бағу-гүлшанлар, Кеўили тоқ небир дана мыңсанлар, Миннетдармыз сизден мудам устазлар. "*"*'*"*"*'*'*"*'""***""*" Жақсы бол деп шақырықты тасладың, Әрман жетегине бизди басладың, Қапа болсақ кеўиллерди хошладың, Миннетдармыз сизден әзиз устазлар. "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*" Ҳәрбир қәдемиме итибар берип, Сөзлериме дыққат қулақты түрип, Биз қайда болсақ та бақладың жүрип, Миннетдармыз сизден әзиз устазлар. "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*" Қолымыз көксимизде мудамы тәжим, Биз ушын мийнетиңиз жүздеги әжим, Билимге қуштарлығым сиз ушын бәзим, Миннетдармыз сизден әзиз устазлар. "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*" Наўайы әпсанасы биз ушын үлги, Устазын ҳүрметлеў не деген күшли, Шәкиртлерге идея гөзлеп тәшўишли, Миннетдармыз сизге әзиз устазлар. "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*" УСТАЗ деген УЛЛЫ атың жүректе, Сиз берген күш сынаўлы тур билекте, Еле сәлем берип келип мектепке, Миннетдарлық билдиремиз устазлар. "*"*"*"*"*"*"*"*"*"**" Себеби, еккениңиз егин, я терек, Емес.Әўлад ғой ол халыққа керек, Биз елдиң тынышлығы боламыз тирек, Мәңги миннетдармыз сизге устазлар. "*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"